Ҳүкиметтиң айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Киргизилген өзгерислерге муўапық, таяныш докторантлар ушын Президент стипендиялары ҳәр жылы таяныш докторантураның ақырғы курсындағы оқыў дәўири ушын стипендияның еки есеси муғдарында бериледи.

Президент стипендиаты болған магистрантлар таяныш докторантураға кириў имтиханларысыз қабыл етиледи.

Буннан былай таяныш докторантура ҳәм докторантура билимлендириў түрлери Мәмлекетлик бюджет есабынан қаржыландырылмайды.

Соның менен бирге, магистратура басқышында Президент стипендиаты болған адамлар докторантурада мәмлекетлик бюджет есабынан билим алады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.