Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы, Өзбекстан жаслар аўқамы тәрепинен «Балалар ҳәм жасларды китап оқыўға тартыў бойынша ең жақсы методикалық қолланба/жойбар» Республикалық таңлаўы жәрияланбақта.

Таңлаўдың мақсети – жәмийетте китап ҳәм китапқумарлықтың абырайын арттырыў, китапты руўхый мийрас сыпатында қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыўға қаратылған ең жақсы қолланба/жойбарларды анықлаў және ғалаба ен жайдырыў.

Таңлаўдың ўазыйпалары – таңлаў қатнасыўшыларын балалар ҳәм жасларды китап оқыўға тартыўдың инновациялық түрлери менен усылларын ислеп шығыўға бағдарлаў; мәлимлеме-китапхана мәкемелериниң пайдаланыўшыларын ҳәм халықтың кең қатламларын китап ҳәм китапқумарлық ис-ҳәрекетин раўажландырыўға тартыў; балалар ҳәм жасларды китап оқыўға тартыў тараўында ең жақсы методикалық ҳәм инновациялық жумыс тәжирийбеси базасын қәлиплестириў; китап оқыўға белсендилигин раўажландырыў, китап оқыў мәдениятын арттырыў, пуқаралардың мәлимлеме мәдениятын қәлиплестириўге жәрдемлесиў; китап оқыўға ҳәм китапқа болған қызығыўшылықты турақлы раўажландырыў мақсетинде ҳәр қыйлы әдебий шығармаларды, соның ишинде, заманагөй авторлардың дөретпелерин ғалаба ен жайдырыў; мәлимлеме-китапхана мәкемелериниң жумысында жаңа китаплар ҳәм китап оқыўды үгит-нәсиятлаўдың ең нәтийжели методикалық қолланбаларын енгизиў.

Таңлаўда түрли министрликлер ҳәм уйымлардың мәлимле-китапхана мәкемелериниң қәнигелери, докторантлар, магистрантлар ҳәм жоқары оқыў орынларының студентлери, китапларды ғалаба ен жайдырыў ҳәм пуқаралардың китапты оқыўға болған қызығыўшылығын арттырыў менен шуғылланатуғын қәнигелер қатнасыўы мүмкин.

Таңлаўда ҳәр бир номинация бойынша таңлаў арзасын усыныў ҳуқықына ийе болған жеке қатнасыўшы ямаса бир топар қатнасыўшылар қатнасыўы мүмкин.

Таңлаўдың өткерилиў мүддетлери: 2019-жыл 15-август – 1-ноябрь

Таңлаў 2 басқышта болып өтеди:

– I-басқыш – арзаларды қабыллаў;

– II-басқыш – «INFOLIB – 2019» VIII Миллий мәлимлеме-китапхана ҳәптелиги шеңберинде методикалық қолланба/жойбардың презентациясы.

Таңлаўда қатнасыў ушын арзаларды қабыл етиў мүддети: 2019-жыл 15-августтан 1-октябрьге шекем.

Методикалық қолланба/жойбарлар төмендеги номинациялар бойынша баҳаланады: «Интерактив китап», «Пайдаланыўшы менен ислесиўдиң интерактив түрлери».

Арзалар info@natlib.uz  электрон почта мәнзилине «Балалар ҳәм жасларды китап оқыўға тартыў бойынша ең жақсы методикалық қолланба/жойбар» Республикалық таңлаўына темасы менен жиберилиўи керек.

Таңлаўға жиберилген материаллар рецензияланбайды ҳәм қайтарылмайды.

Мағлыўмат ушын телефонлар: (99871) 232-83-94; 239-41-18.

Жуўапкерлер: М.Балтабаева, Н.Холдорова, Ф.Рўзиева