Өзбекстан Перезиденти Тақыятас районындағы «Мәдед Батыр» фермер хожалығы атызында ғаўашаның раўажланыўын көзден өткерди. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.

Бул хожалықтың улыўма жери 110 гектар болып, 60 гектарында пахта жетистирилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы атыз агротехникасындағы кемшиликлерди көрсетип, пахтаның жетилисиўин жеделлестириў, зүрәәтке зүрәәт қосыў бойынша өз усынысларын берди. Аўыл хожалығында илимнен кең пайдаланыў, Қарақалпақстанның климатына тән сортларды жаратыў кереклигин атап өтти.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.