Тест сынақларының нәтийжеси бойынша аппеляциялық шағымлар Мәмлекетлик тест орайы ҳәм оның аймақлық бөлимлеринде жазба ҳәм электрон тәризде қабыл етилиўи басланды.

Мәмлекетлик тест орайы ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң мәнзиллери ҳәм байланысыў ушын телефон номерлери Мәмлекетлик тест орайының рәсмий каналында мәлим етилди.

Қарақалпақстан Республикасында аппеляциялық шағымлар менен Нөкис қаласы, Шымбай гүзары көшеси номерсиз жай (ТашПМИ Нөкис филиалы академиялық лицейи имараты), Мәмлекетлик тест орайының аймақлық бөлими баслығы Абдуллаев Музаффар Атажановичке (телефон номери +99897 788 57 55) мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.