Бүгин, 21-август күни жәрияланыўы күтилип атырған 2019-2020-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларының нәтийжелери кешиктирилди. Бул ҳаққында Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигиниң дағазасында мәлим етилди, деп жазады Xabar.uz.

Хабарда жазылыўынша, бүгин Мәмлекетлик тест орайы бас басқармасының баслығы Барно Ражабов қатнасыўында брифинг өткериледи ҳәм илажда 2019-2020-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларының бакалавриатына қабыллаў тест сынақлары таңлаўы бойынша мағлыўмат бериледи. Сондай-ақ, 21-августта жәрияланыўы күтилип атырған мандат нәтийжелери белгили бир күнлерге кешиктирилиўи бойынша да мағлыўмат бериледи.

Тест нәтийжелериниң кешиктирилиўи себеплери ҳәм қашан жәрияланатуғыны бүгин саат 15:00 де болып өтетуғын брифингде жәрияланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.