Усы жыл 20-август күни «Асака» банктиң Қарақалпақстан Республикасы филиалында клиентлер ушын гезектеги көшпели қабыллаў болды.

Илажда «Асака» банктиң атқарыў аппараты баслығының орынбасары Садулла Талибжанов киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, клиентлерге жаратылып берилип атырған шараятларға тоқтап өтти.

Қабыллаў даўамында банк клиентлери тәрепинен елимиз көлеминде өткерилип атырған таңлаўлардың ҳәм тендерлердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, қурылыс ҳүжжетлерин рәсмийлестириў механизмлерин әпиўайыластырыў, АБР линиясынан алынған кредит қаржыларын фонд тәрепинен компенсациялаў, мүддети өткен кредит қарыздарлығы барлығы ушын турақ жай қурылысы ушын кредиттиң кейинги бөлегин шығарып бериў, айланба қаржысы ушын коммерциялық кредит алыў ҳәм басқа мәселелерде жәми 13 шахстың мүрәжаты тыңланды. Соннан көпшилик мүрәжатлар сол жердиң өзинде шешимин тапқан болса, қалғанлары қәнигелер тәрепинен үйренип шығылатуғын болды.

-Бундай қабыллаўлардың өткерилиўи бизлер ушын айрықша әҳмийетке ийе,-дейди Әмиўдәрья районындағы «Манғыт Инвест плюс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Жалғас Баймуратов.-2017-жылы «Асака» банктен 477 мың АҚШ доллары муғдарында кредит алып, теплица қурдық. Нәтийжеде 19 жаңа жумыс орны жаратылды. Жетистирилген помидор ҳәм қыяр өнимлери Қазақстан ҳәм Түркменстан еллерине экспортқа шығарылмақта. Көшпели қабыллаўда алынған кредит қаржысының процент ставкасының ярымын фонд тәрепинен қаплап бериўди өтиниш етип мүрәжат еттим. Мениң мүрәжатым қәнигелер тәрепинен үйренип шығылып, жуўап берилетуғын болды.

Илажда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.