Хожели районында Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28жыллығы алдынан «Ҳәр бир шаңарақ бахытлы болыўы тийис» темасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Гүлистан Аннақличева қатнасып, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәниси, ғәрезсизлик жылларында, әсиресе, кейинги еки жыл ишинде Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылған жаңаланыўлар ҳәм өзгерислер ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди.

Дөгерек сәўбетинде, Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар бәринен бурын ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақлардың мәплерин тәмийинлеў, аналар ҳәм балаларды қорғаўда айрықша әҳмийетке ийе болып атырғаны атап өтилди. Әсиресе, социаллық тараўларды раўажландырыў, социаллық хызметлердиң сапасын жақсылаў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў тараўларындағы жумыслар елимиз ҳаял-қызларының турмыс тәризин жақсылаўға хызмет етпекте.

Хожели районында да мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тармақларының кеңейип баратырғаны, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларға бийпул ҳәм жеңиллетилген турақ жайлардың берилип атырғаны, жас шаңарақларды социаллық қоллап-қуўатлаў, қызларды шаңараққа ҳәм кәсипке таярлаў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар өз нәтийжесин бермекте.

Илаж қатнасыўшылары Қарақалпақстанға, соның ишинде, ҳаял-қызларымызға көрсетилип атырған ғамхорлықлар Президентимиздиң жоқары итибарының нәтийжеси екенлигин айрықша атап өтти.

Илаж шеңберинде сенатор Гүлистан Аннақличева ҳаял-қызлардың мүрәжатларын тыңлап, бир қатар мәселелер бойынша сораўларына жуўап берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги