Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң бас токсикологи ҳәм гематологи зәҳәрленген жерлеслеримизге жәрдем бериў ушын Россия Федерациясына  жетип барған.

Тергеўшилер тәрепинен Самара ўәлаятында зәҳәрленген өзбекстанлылардан бириниң қайтыс болыўына байланыслы жынайый ис ашылды. Бул ҳаққында Россия Тергеў комитети хабар бермекте, деп жазады xs.uz сайты.

Ҳәзирги ўақытта тергеў-сорастырыў жумыслары даўам етпекте ҳәм ҳәдийсениң себеплери үйренилмекте.

Дәслепки жуўмақларға бола, зәҳәрлеўши зат – зоокумарин ямаса дикумарин болыўы мүмкин, бирақ бул анық емес. Усы заттың лабораториялық тексериўлери еле жуўмақланбады.

Еслетип өтемиз, усы жыл 18-июль күни Россия Федерациясының  Самара ўәлаятындағы «Кошелевский посад» кәрханасында 69 Өзбекстан пуқарасы белгисиз заттан зәҳәрленип емлеўханаға түсип қалған еди. Кейин ала олардың  20сы денсаўлығы жақсыланғанлығы себепли менен емлеўханадан шығарылған. 48 ўатанласымыз еле емлеўханада еди. Жақында олардан бири қайтыс болды.

Хабарға бола, Жынаят кодексиниң ықтыятсызлық ақыбетинде адам өлтириў статьясы (109-статья) бойынша жынайый ис қозғалған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги