Усы жылдың 21-июль күнинен 24-июль күнине шекем өткерилген жуўмақлаўшы имтихан тест сынақларының нәтийжелери Cambridge шөлкеминиң веб-сайтында жәрияланды.

Тест нәтийжелерин компьютер арқалы төмендеги силтеме арқалы көриўиңиз мүмкин:

 

https://www.admissionstesting.org/campaigns/selection-results/

 

Көрсетилген веб-сайтқа киргениңизден соң:

1) Талабан тапсырған аймақты сайлаң.

2) Соңынан Президент мектеплерине тапсырған класын сайлаң.

3) Талабанның нәтийжесин билиў ушын излеў түймесин басып (Ctrl+F), сизге усынылған 11 санлы арнаўлы идентификация номерин териң ҳәм Enter түймесин басың.

4) Жуўмақлаўшы басқыш имтиханларынан өткен талабанлар – кестениң жоқары бөлиминде көк реңде белгиленген болады.

5) Жуўмақлаўшы имтиханлардан өте алмаған талабанлар болса – ақ рең менен белгиленген болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.