Ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллық байрамы алдынан Қанлыкөл районы орайындағы 1-қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебиниң реконструциядан шығарылған жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Бүгинги күнде Нөкис қаласынан 80 километр узақлықта жайласқан Қанлыкөл районының орайы жаңадан қурылмақта.

photo5393491386696837991.jpg

photo5393491386696837994.jpg

1000 орынлық стадион, 180 орынлық мәденият сарайы, Мәмлекетлик хызметлер орайы, поликлиника, районлық бәнтликке көмеклесиў орайының имаратлары жаңадан қурылды. Жаслар орайы, мектеп ҳәм басқа да көплеген социаллық объектлерде кең көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

1-қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебиниң ески имараты өткен әсирдиң 70-жылларында қурылған. Бул жерде тийкарынан «Дослық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағының жаслары билим алған. Мектепте инглис тили сабақлығы тереңлестирилген ҳалда оқытылады. Кейинги ўақытларда оқыўшылардың саны көбейгенлиги себепли сабақ өтиў процесинде бир қатар машқалалар келип шығып атырған еди.

photo5393491386696837995.jpg

photo5393491386696837998.jpg

photo5395324792271383342.jpg

Соны есапқа алып, райондағы Санаат ҳәм транспорт кәсип-өнер колледжиниң имараты мектепке берилди. Имаратта жаңа оқыў жылы алдынан кең көлемли реконструкция жумыслары әмелге асырылды. Заманагөй оқыў үскенелери алып келинип орнатылды. Лаборатория ханалары керекли әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.

Жуўмақлап айтқанда, билимлендириў орайында 510 оқыўшының заманагөй шараятта оқыўы ушын барлық шараятлар жаратылды.

З.Жонибеков, А.Абдуллаев (фото),

ӨзА