Ҳәзирги ўақытта социаллық тармақларда күн темасы – 2019-жылдың ақырына шекем Өзбекстан Республикасы миллий валютасы – сумның деноминацияланыўы ҳаққындағы хабарлардан ибарат болмақта.

Тастыйықланбаған усы хабарларда айтылыўынша, жаңа пул бирлиги 10.000:1 салыстырмада айланысқа енгизиледи.

Ески ҳәм жаңа сум 2020-жыл даўамында параллел ҳәрекет етеди. Пластик картадағы пуллар 2020-жыл 1-январьдан автомат тәризде төрт нольден айырылады ҳәм т.б. болжаўлар…

 

Хош, бул хабарлар қаншелли ҳақыйқат?

 

Орайлық банк баслығы Мамаризо Нурмуратовтың мәлим етиўинше, деноминация әпиўайы тәризде нольлерди өшириў емес, үлкен экономикалық қәрежет болып есапланады.

– Биз деноминация ислемекши емеспиз. Орайлық банк баслығы сыпатында айтып атырман, деноминация ҳеш кимниң ойында жоқ. Деноминация экономикалық жақтан турақлылық ҳәм күшли инфляция шараятында өткериледи. Бизлерде аўҳал бундай емес, – деген банк баслығы.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.