«Өзбекстан темир жоллары» АЖ Өзбекстан Ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы белгилениўи мүнәсибети менен 2019-жылдың 31-август – 3-сентябрь күнлери жергиликли жөнелислер бойынша жолаўшыларға шегирмелер жәриялайтуғынын мәлим етти.

 

Төмендеги жолаўшыларға шегирмелер бериледи:

– Пенсионерлер, майыплығы болғанлар, 1941-1945-жыллардағы урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилгенлерге – 50%;

– Жоқары оқыў орынларының студентлери, мектеп оқыўшылары, колледж ҳәм лицей оқыўшылары, Ишки ислер, Қорғаныў министрликлери, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Мәмлекетлик салық, Бажыхана комитетлериниң арнаўлы билимлендириў мәкемелериниң студентлери – 15%;

– Шаңарақлық (еки ямаса оннан аслам адам – ерли-зайыплы, күйеўи ямаса ҳаялы ҳәм 18 жасқа толмаған перзентлери, әкеси ямаса 18 жасқа толмаған баласы болған ана) (неке гүўалығы ҳәм ағайин-туўысқанлықты белгилеўши ҳүжжетлердиң нусқасы усынылған ҳалда) – 15%;

– Коллектив (кәсиплеслерге) (4 адамнан аслам – инструкция бойынша) – 15%;

– «Афросиёб» тез жүрер электропоездлеринде барлық категориядағы жолаўшыларға – 10%;

 

Қосымша мағлыўматты Ташкент қаласындағы 1005 қысқа телефон номери, орынлардағы темир жол кассалары және мағлыўматлар бюросынан билип алыўыңыз мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.