Министрлер Кабинетиниң режесине бола айдаўшы, жолаўшы ҳәм пиядалар ЖПХ хызметкери менен өз-ара мүнәсибетин өзине тийисли аудио, фото ҳәм видео қурылмаға жазып алыў ҳуқықына ийе.

Социаллық тармақларда Самарқанд ўәлаятында ЖПХ хызметкери менен жүз берген жағдайды өзиниң мобиль телефонына видеоға түсирип алған пуқараның телефоны инспектор тәрепинен алып қойылғаны ҳаққындағы видео пайда болды.

Сол себепли Әдиллик министрлигиниң жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими қандай жағдайларда фото ҳәм видеоға түсирип алыў мүмкин екенлигин еслетип өтти, деп хабар бермекте gazeta.uz  сайты.

Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 1-декабрдеги 975-санлы Режесиниң 18-бәнтине тийкарланып айдаўшы, жолаўшы ҳәм пиядалар ЖПХ хызметкери менен өз-ара мүнәсибетлерин  өзине тийисли болған аудио, фото ҳәм видео қурылмаға жазып алыў ҳуқықына ийе.

Фото ҳәм видеоға түсирип  алыў тек ғана қадаған етилген белги бар болған аймақта мүмкин емес.

Буннан тысқары айдаўшы, жолаўшы ҳәм пиядалар төмендеги ҳуқықларға ийе:

ЖПХ хызметкери тәрепинен тоқтатылыў себебин, қағыйданың кайсы бәнтин ямаса бәнтлерин бузғанлығын сораў ҳәм түсиндирип бериўин талап етиўге;

транспорт қуралын тоқтатқан ЖПХ хызметкеринен өзин таныстырыўды, хызмет гүўалығын ҳәм көкирек нышаны белгисин көрсетиўин талап етиў;

хызметти мобиль видеокамерасыз алып барып атырған ЖПХ хызметкерине ҳүжжетлерин бермеў;

усы Режениң 13-бәнтинде нәзерде тутылған жағдайлардан басқа ўақытларда транспорт қуралы кабинасынан  шықпай, ЖПХ хызметкери менен өз-ара қатнас жасаў;

ислеген қағыйдабузарлығы жазып алынған арнаўлы үскенениң нәтийжелери менен танысыў;

ҳуқықбузарлық ҳалатын анықлаўда пайдаланылатуғын арнаўлы қураллардың салыстырыў сертификатын көрсетиўди талап етиў;

ҳуқықбузарлық ҳалаты бойынша түсиниклер бериў;

себепсиз иркип турмаўын талап етиў;

ЖПХ хызметкери тәрепинен транспорт қуралын ямаса ондағы жүкти сыртқы көзден өткериў процесинде қатнасыў;

өзи тоқтатылған аймақта ЖПХ хызметкери сол аймақта хызмет алып барыў мүмкин екенлиги ҳаққындағы дислокацияның нусқасы менен сол жердиң өзинде танысыў;

ҳуқықбузарлық ҳаққында ҳәкимшилик протокол рәсмийлестирилгеннен соң ЖПХ хызметкериниң дислокациясы сақланып атырған қатар (саф) бөлими баслығынан дислокация ҳаққында жазба мағлыўмат бериўди талап етиў;

өзине рәсмийлестирилген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы протокол, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис ҳүжжетлери менен танысыў, олардан өз есабынан нусқа көшириў ямаса оларды фото сүўретке алыў;

ЖПХ хызметкериниң ҳәрекетлери ямаса ҳәрекетсизлиги, рәсмийлестирилген ҳуқықбузарлық ҳаққында ҳәкимшилик протокол және шығарылған қарар үстинен жоқары турыўшы уйым  (лаўазымлы шахс)ға ямаса судқа шағым етиў;

өзи гүўасы болған ҳәдийсе ҳаққында ЖПХ хызметкерине исенимли мағлыўматты баян етиў.

Қарақалпақстан хабар агентлиги