Мәмлекетимизге сапасы кепилленбеген товар материаллық байлықларды жасырын жоллар менен алып кириўге болған ҳәрекетлерге қарсы бажыханашылар системалы түрде гүресиў алып бармақта.

Мәмлекетлик бажыхана комитети баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы «Даўыт ата» шегара бажыхана постының хызметкерлери қоңсы елден кирип келген сырт мәмлекеттиң пуқарасы Б.Х. басқарыўындағы «KIA Sportage» автомашинасын белгиленген тәртипте қалыслардың қатнасыўында қадағалаўдан өткерди.

Нәтийжеде, автомашинаның жүк бөлмесинде декларацияда көрсетилмеген ҳәм бажыхана хызметкериниң аўызеки сораўында мәлим етилмеген 12,8 миллион сумлық 32 қуты биоактив қосымшалардың бар екенлиги анықланды.

Ҳәзирги ўақытта жоқарыдағы жағдай бойынша бажыхана тексериўлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги