2019-жыл 19-август күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Кенгаш Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма биринши жалпы мәжилисин усы жыл 23-август күни Ташкент қаласында шақырыў ҳаққында қарар қабыл етти.

Жалпы мәжилистиң күн тәртибине мәмлекетимиз раўажланыўының жаңа басқышында белгиленген мақсетлер ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыў, барлық тараўларда алып барылып атырған реформалардың ҳуқықый тийкарларын беккемлеў және 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына қаратылған Өзбекстан Республикасының бир қатар нызамлары киргизилген.

«Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық және имканиятлардың кепилликлери ҳаққында»ғы, «Ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорабанлықлардан қорғаў ҳаққында»ғы, «Атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў ҳаққында»ғы,  «Ана сүти менен азықландырыўды қоллап-қуўатлаў және нәрестелер ҳәм киши жастағы балалардың азық-аўқат өнимлерине байланыслы талаплар ҳаққында»ғы  Өзбекстан Республикасының нызамлары усылардың қатарына киреди.

Сенат ағзалары Олий Мажлис бюджетин қәлиплестириў ҳәм атқарыўдың жаңа механизмлериниң енгизилиўи, сайлаў, қәўипсизлик ҳәм қорғаныў тараўындағы нызам ҳүжжетлериниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы мәселелерди де көрип шығады.

Сондай-ақ, сенаторлар Ҳалықаралық мийнет шөлкеминиң санаат ҳәм саўдада мийнет инспекциясы ҳаққындағы 81-санлы, аўыл хожалығында мийнет инспекциясы ҳаққындағы 129-санлы конвенцияларын ҳәм басқа да халықаралық ҳүжжетлерди ратификациялаўға байланыслы Өзбекстан Республикасының нызамларын да додалайды.

Жалпы мәжилисте «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының 2019-жылдың екинши шерегиндеги орынланыўы бойынша Министрлер Кабинетиниң есабы, ишки ислер ҳәм сыртқы ислер министрлери, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети баслығының мәлимлемелери, сондай-ақ, Хорезм ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў және халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысы ҳаққындағы есабы тыңланады.

Сенат ағзалары бос турған, қурылысы жуўмақланбаған объектлерден ҳәм пайдаланылмай атырған өндирис майданларынан нәтийжели пайдаланыўға байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайын үйрениў нәтийжелери, сондай-ақ, бағшылық-жүзимшилик ширкетлериниң жағдайы ҳәм олардың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларын жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине парламент сораўларын жибериў ҳаққындағы мәселелерди де додалайды.

Олий Мажлис Сенаты комитетлери ҳәм аппаратының жигирма биринши жалпы мәжилисине таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы жумысларды муўапықластырыў ушын жумысшы топар дүзилди.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети

ӨзА