18- август күни Өзбекстанда 2 баллы жер силкиниў жүз берди. Бул ҳаққында  Айрықша жағдайлар басқармасы Сейсмопрогностикалық мониторинг Республикалық орайы хабар бермекте.

2019-жыл 18-августта Ташкент ўақты менен 20:46 (2019-жыл 18-августта  15:46 Гринвич бойынша) Өзбекстанда жер силкиниў жүз берди. Координаторлар 38,95 градус арқа  кеңислик, шығысқа қарай узынлығы 67,10  градус. Магнитуда М=4,2. Тереңлиги h=30 км. Ташкентке шекемги аралық қубла-батыс бағдар бойынша 314 км.

Жер силкиниў Өзбекстан аймағында:

Жиззақ: 144 км; 2 балл

Самарқанд: 79 км; 2 балл

Қарши: 114 км; 2 балл

Өзбекстанның басқа аймақларында жер силкиниў бақланбады. Жәбир көргенлер ҳаққында мағлыўмат келип түспеген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги