Мойнақ районы Әжинияз көшеси 11-жайда жасайтуғын пуқара Узақ Сейтмуратовтың турақ жайы район ҳәкимлиги тәрепинен 2018-жылдың 18-декабрь күни усы аймақтағы 164 жай менен бирге «снос»қа түсип турғаны хабарландырылып, пуқараның жайының үй әтирапы дийўалы, қоймаханасы ҳәм малханасы бузылған. Бирақ та, жобаға киргизилген жайлардың тек ғана 153 и Бас министрдиң қарары тийкарында толық бузылып, пуллары да толық төлеп берилген.

Кейин ала район ҳәкимлиги тәрепинен У.Сейтмуратовқа тийисли турақ жай бузылмайтуғын болып, бул ҳаққында пуқараға усы жылдың 10-август күни мәлимлеме берилген. Пуқара У.Сейтмуратов бул жағдайдан наразы болып, 2019-жылдың 17-август күни «Озодлик» радиостанциясының сайтына «Дийўал, қоймахана ҳәм малханамызды бузып болғаннан соң ҳәкимлик «снос» пикиринен қайтты» мазмунындағы мүрәжатын жоллаған.

Бул жағдай бойынша жумысшы топар тәрепинен пуқара У.Сейтмуратовтың машқаласы үйренилип, келтирилген зыян муғдарын қаплап бериў бойынша келисип алынғанлығын мәлим етемиз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.