Усы жылдың 13-август күни саат 19:20 да Мойнақ районындағы Үббиниязов көшесинде жайласқан «Мойнақ аква санаат» МУК административлик имаратында өрт жүзеге келгени ҳаққында өрт-қутқарыў хызметине хабар келип түскен.

Ўақыя орнына 2 өрт өшириў бөлимшеси жиберилген. Бөлимшелер шақырылған мәнзилге саат 19:25 те жетип барып, көрилген оператив илажлар ҳәм ҳәрекетлер нәтийжесинде өрт саат 19:35 те қоршап алынып, 19:55 те сапластырылған. Дене жарақатын алған ямаса қайтыс болғанлар жоқ.

Өрттен имараттың 146 квадрат метрлик майданы сақлап қалынған. Өрт ақыбетинде имараттың 70 квадрат метрлик майдандағы төбеси өртенип, зыянланған.

Ҳәдийсениң жүзеге келиў себеби ҳәм материаллық зыян муғдары анықланбақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.