Нөкис қаласы орайлық дийқан базарында 2019-жылдың 10-август сәнесинен Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы алдынан Қарақалпақстан Республикасы фермер хожалықлары тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы ҳәм шарўашылық өнимлери ярмаркасы шөлкемлестирилмекте.
Бул ярмаркада аўыл хожалығы өнимлеринен картошка, пияз, гешир, ләблеби, баклажан, қаўын, ғарбыз сыяқлы палыз егинлери, сондай-ақ, мийўе-овощь өнимлери менен гөш ҳәм мәйеклер арзан баҳалар сатылмақта.


Мысалы, ярмаркада гөштиң баҳасы 30 мың сумды қурамақта.


– Шарўашылық фермер хожалығымыз 1999-жылы өлкемлестирилген болып, ҳәзирги ўақытта хожалықта 250 дана қара маллар бағылмақта, – дейди Әмиўәрья районы “Хожакөл” фермер хожалығының жумысшысы Р.Ҳайдаров. – Бүгинги ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллық байрамы алдынан шөлкемлестирилип атырған ярмаркада өзимиздиң сапалы гөш өнимлеримиз бенен қатнаспақтамыз. Ҳүкиметимиз тәрепинен бизге жаратылып атырған кең имканиятлар менен жеңилликлерге жуўап ретинде елимиздиң мине, усындай уллы байрамлары қарсаңында халқымызға арзан ҳәм сапалы гөш өнилерин усынбақтамыз.


– Шынында да байрам қарсаңында шөлкемлестирилип атырған усы ярмаркалардан халқымыздың кеўли толмақта,–дейди қарыйдар Х.Көптилеуов.
Ярмаркада сондай-ақ, шаңарақлық бағшылық фермер хожалықлары да өз өнимлери менен қатнаспақта. Тақыятас районындағы Д.Дурсынбаев башылық етип атырған усындай “Яғмир Сердар” хожалықта 10 гектар жерде мийўе-овощлар жетистирилип,олар Тақыятас, Хожели ҳәм Нөкис дийқан базарларына жеткерилип берилмекте.
Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, ярмарка усы жылдың 10-сентябрь сәнесине шекем Нөкис қаласы ҳәм районлар дийқан базарларында шөлкемлестириледи.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети