Усы жылдың 7-август күни саат 11:00 лерде намәлим пуқара Нөкис қаласында жайласқан Автомобиль жол хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжи имараты алдында қараўсыз қалдырылған Нөкис қаласында жасайтуғын 39 жаслы С.А.ға тийисли «Нексия» маркалы автомобилиниң алдынғы тәрепиндеги жолаўшы айнасын ашып, автомобиль салонынан 1 000 000 (бир миллион) сум пулларын урлап кеткен. Жағдай бойынша жынаят иси ашылған еди, деп хабар берди ӨзР ИИМ.

Көрилген шаралар нәтийжесинде бул жынаятты Нөкис қаласы Манғыт көшесинде жасайтуғын 19 жаслы М.А. әмелге асырғаны анықланып, усланған. Тергеў ҳәрекетлери даўам етпекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.