Жозе Моуриньо Sky Sports  да жумыс баслады ҳәм ойынларды студияда отырып таллап барады.

Оның биринши комментаторлық жумысы өзиниң еки командасы, яғный «Манчестер Юнайтед» ҳәм «Челси» арасындағы ойын болды.

Ойыннан соң Жозе Моуриньо «Челси» таңлаған қурамды қатаң сынға алды. Қарсыласы «Манчестер Юнайтед» екенлигин биле турып тийкарғы ойыншыларды ойнатпағанлығы себепли үлкен есаптағы жеңилиске ушырағанын атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги