12-август күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде Президент Шавкат Мирзиёев жәҳән экономикасындағы бәсекини «мийримсиз океан»ға теңеди.

«Заман өзгерип атыр, өнимге болған талап өзгерип атыр. Соған мүнәсип болғанлар дәрамат таба алады. Адамларға не пайда келтирсе, соны ислеймиз» деди Президент.

Тармақлар ҳәм аймақларда экспортты раўажландырыў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери талланып, мәмлекетимиз басшысы өткен үш жыл биз ушын «репитиция» – тийкар болғанын, енди нәтийже алынатуғын ўақыт келгенин атап өтти.

«Биз үлкен шекти гөзледик. Бул халқымыз алдындағы үлкен жуўапкершилик. Адамлар үлкен исеним билдирип атыр. Буны ақлаў ушын ҳадал-пәк, садықлық пенен мийнет етиўимиз керек», деди Шавкат Мирзиёев.

ӨзА