12-август күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында экономикалық тармақлар ҳәм аймақлардың экспорт потенциалын арттырыў, олардан нәтийжели пайдаланыў, инвестицияларды, ең алды менен, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм өзлестириў, өндиристи жергиликлилестириў көлемин кеңейтиў мәселелерине арналған видеоселектор жыйналысы өткерилди.

Онда Президент көплеген мәселелерге тоқталған.

Селекторда сөзге шыққан Қашқадәрья ўәлаятының ҳәкими Зафар Рўзиев быйыл пахта жақсы болып атырғаны, оны жетистириў ушын барлық шараятлар жаратылып атырғанын айтты.

– Быйыл пахтада суўдан да, төгиннен де машқала болмады. Зыянкеслерден тазалаў ушын да 14 миллиард сум алдық, – деди Қашқадәрья ўәлаятының ҳәкими.

Президент Рўзиевтиң пахта ҳаққындағы гәплеринен соң барлық ҳәкимлерге быйыл пахта теримине бюджет мәкемелерин шығармаўды еслетип өтти.

– Быйыл пахта теримине мектеп, институт – улыўма бирде-бир бюджет мәкемелери алып шығылмайды, есиңизден шықпасын, – деп Президент сөзлерин келтирмекте Kun.uz сайты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.