Нөкис әскерий прокуратурасының басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте  қала ҳәм районларда Аўған урысының қатнасыўшылары менен Чернобыль атом электростанциясы апатшылығын сапластырыўға қатнасқанлар тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилмекте.

Гезектеги усындай илаж Қоңырат районындағы көп тармақлы поликлиникада болып өтти. Онда Нөкис әскерий прокурорының жәрдемшиси, әдиллик майоры А.Қурбанов жыйналғанларды әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан таныстырды. Усы күни 72 Аўған урысы қатнасыўшысы, 18 Чернобыль атом электростанциясы апатшылығын сапластырыўға қатнасыўшы тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилди. Оларға Қоңырат районындағы көп тармақлы поликлиника тәрепинен бийпул дәри-дәрмақлар берилди.

Нөкис әскерий прокуратурасының басламасы менен өткерилип атырған бундай илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.