Нөкисте футбол бойынша пуқаралар жыйынларындағы 13-14 жастағы жас өспиримлер арасында мини футбол бойынша «Былғары топ» жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Жарыс Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық Кеңес, Қарақалпақстан футбол федерациясы, Дене тәрбия ҳәм спорт, Ишки ислер, Денсаўлықты сақлаў министрликлери, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси, Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы ҳәм хабар агентлиги тәрепинен биргеликте қабыл етилген қарар шеңберинде өткерилди. Илажды өткериўдеги тийкарғы мақсет, жаслар арасында спорттың футбол ҳәм мини футбол түрлерин раўажландырыў, пуқаралар жыйынларындағы қәбилетли жас футболшыларды анықлаў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў, олар арасында медициналық және физикалық мәдениятты раўажландырыўдан ибарат. Онда аймақлық басқышларда жеңимпаз болған Қанлыкөл, Төрткүл, Тахтакөпир ҳәм Хожели районларының командалары қатнасты.

Жарыс жуўмағында Қанлыкөл районы «Наўрыз» мәкан пуқаралар жыйынының «Наўрыз» командасы биринши орынды ийелеп, Хорезм ўәлаятында болып өтетуғын регионаллық басқышқа жоллама алды. Кейинги орынларды Хожели районы «Абат» мәкан пуқаралар жыйынының «Абат», Төрткүл районы  Наўайы мәкан пуқаралар жыйынының Наўайы, Тахтакөпир районы «Ғәрезсизлик» мәкан пуқаралар жыйынының «Ғәрезсизлик»  командалары ийеледи.

Жеңимпаз ҳәм барлық қатнасыўшы командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тиң түсирген сүўретлери.