Өзбекстан Қорғаныў министри тәрепинен тастыйықланған жоба тийкарында министрдиң орынбасары генерал-майор Азизбек Икрамов басшылығындағы лаўазымлы тәреплерден ибарат болған топар 13-14-август күнлери Қарақалпақстанда көшпели қабыллаўлар өткереди.

Қорғаныў министрлигиниң хабар бериўинше, көшпели қабыллаўлар саат 10:00 ден 16:00 ге шекем төмендеги мәнзиллерде өткериледи:

– 13-август күни – Арқа-батыс әскерий округы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында (Нөкис қаласы);

– 14-август күни – Үстирт газ-химия комплекси имараты ҳәм Тақыятас районы ҳәкимлиги имараты (Қоңырат ҳәм Тақыятас районлары);

Сондай-ақ, көшпели қабыллаўға республикамыздың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлеринен жуўапкерлер де қатнасыўы күтилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.