Түркменбашы, 12-август, ӨзАның арнаўлы хабаршысы Улуғбек Асроров хабар береди.

Биринши Каспий экономикалық форумы шеңберинде Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов Россия Федерациясы ҳүкиметиниң баслығы Дмитрий Медведев пенен ушырасты.

Ушырасыўда еки мәмлекет Президентлериниң турақлылыққа ийе ушырасыўлары ҳәм сөйлесиўлеринде ерисилген келисимлер мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик, көп қырлы әмелий бирге ислесиў қатнасықларын избе-из раўажландырыўда әҳмийетли фактор болып атырғаны атап өтилди.

Үргенш қаласында быйыл 30-май күни болып өткен ҳүкимет басшылары дәрежесиндеги Қоспа комиссияның дәслепки мәжилиси өз-ара пайдалы бирге ислесиў көлемин перспективалы жойбарлар тийкарында кеңейтиў, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ўақтында ерисилген келисимлерди табыслы әмелге асырыўға хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Ушырасыўда саўда-экономикалық, мәлимлеме коммуникациялары технологиялары, энергетика ҳәм аўыл хожалығы тараўларында қоспа жойбарларды әмелге асырыўда бар потенциалдан нәтийжели пайдаланыў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Ҳүкимет басшылары биринши Каспий экономикалық форумы мәмлекетлеримиз ушын пайдалы сөйлесиўлерге бай болып атырғанын, оның шеңберинде билдирилип атырған усыныслар еки ҳәм көп тәреплеме сөйлесиўди жеделлестириўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Аъло АБДУЛЛАЕВ (сүўрет), ӨзА