Самарқандта жоқары оқыў орынларына кириў ушын өткерилип атырған имтиханлар даўамында қадағалаўшылардың бири өз қарындасына жәрдем бериўге ҳәрекет етип атырған ўақытта қолға түскен еди. 7-август күни болып өткен имтиханларда жоқарыдағы қағыйда бузыўшылыққа қол урған қадағалаўшы өз қәлеўи бойынша жумыстан босады. Бул ҳаққында Zarnews.uz хабар берди.

1993-жылы туўылған Т.Ф. Самарқанд қаласындағы 72-санлы улыўма билим бериў мектебинде директор орынбасары болып ислеген. Ол тест сынақларына қадағалаўшы етип тайынланған ҳәм буннан пайдаланып, өз қарындасына жәрдем бериўге ҳәрекет еткен. Қарындасының сораўларын телефонға видеоға түсириўге ҳәрекет еткен Т.Ф. қолға түскен.

Т.Ф. 9-август күни өз арзасына муўапық жумыстан босаған. Т.Ф.ға имтиханлар ўақтында ислеген қағыйда бузыўшылығы ушын қандай шара көрилгени ҳәзирше белгисиз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.