Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл 7-августтағы «Өзбекстан Республикасы қурылыс тараўы хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық август айының екинши екшембиси тараў хызметкерлери күни етип белгиленген. Усы мүнәсибет пенен пайтахтымыздағы «Наўрыз» салтанатлар сарайында байрам илажы болып өтти.

Илажға уста қурылысшылар, архитектор ҳәм жойбарлаўшылар, бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң ўәкиллери, мийнет ветеранлары ҳәм тараўдың пидайы қәнигелери мирәт етилди.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары, транспорт министри О.Раматов, Ташкент қаласы ҳәкими Ж.Ортиқхўжаев, қурылыс министриниң биринши орынбасары Б.Зокиров мәмлекетимиздиң қурылыс тараўы хызметкерлерин қутлықлады.

photo5361813541872577519.jpg

Тараўды раўажландырыўға қаратылған ис-ҳәрекетлер себепли бүгин қурылыс индустриясы миллий экономиканы модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў, халықтың турмыс абаданлығын арттырыўда әҳмийетли тармақлардан бирине айланғаны атап өтилди.

Әзелден халқымыздың архитектура үлгилери тек ғана Орта Азияда емес, ал пүткил дүнья жүзине белгили болған. Бул кәсип бизлерге ата-бабаларымыздан қалған мийрас. Бүгин елимизге келип атырған туристлер ата-бабаларымыз қурған саўлатлы зыярат етиў орынларын тамашалап таң қалғаны тегиннен емес. Кейинги жылларда аймақлардың келбетин түп-тийкарынан өзгерткен имарат ҳәм объектлер архитектура бағдарында миллий дәстүрлеримиз даўам етип атырғаны, тараўға заманагөй билим ҳәм тәжирийбелер кеңнен тартылып атырғанынан дәрек береди.

Әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде беккем ҳуқықый-нормативлик, материаллық-техникалық базаға, кадрлардың потенциалына ийе болған усы көп тармақлы тараў раўажланыўымыздың локомотивлеринен бирине айланды.

photo5361813541872577520.jpg

Быйыл қурылыс тараўында инвестициялық жойбарлар бойынша финанслық дәреклер есабынан 3 мыңға шамалас объект, соның ишинде, 447 мектепке шекем билимлендириў мәкемеси, 506 улыўма билим бериў мектеби, 12 музыка ҳәм көркем өнер мектеби, 8 олимпиада резервлери колледжи, 14 жоқары билимлендириў ҳәм 218 денсаўлықты сақлаў мәкемесинде қурылыс-монтажлаў жумыслары алып барылмақта. Әсиресе, халықтың кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж қатламлары, жас шаңарақлар ушын қолайлықлар жаратыў мақсетинде арзан ҳәм ықшам турақ жайлар қурыў бағдарламасы әмелге асырылып атыр. 2019-жыл даўамында 351 массивте 15 мың ҳәм 10 арзан үлги турақ жайлардың қурылысы режелестирилген.

Бул бағдарда турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж шаңарақларға, айрықша үлги көрсетип атырған жас шаңарақларға, аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаялларға, қорғаныў министрлиги ҳәм миллий гвардия хызметкерлерине, ишки ислер уйымларының хызметкерлерине жеңиллетилген тәризде берилип атырғаны әҳмийетли болып есапланады. Соның менен бирге қабыл етилген бағдарламаларға тийкарланып елимизде қурылып атырған жәми 399 көп қабатлы турақ жай жылдың ақырына шекем өз ийелерине тапсырылады.

photo5361946432455682904.jpg

– Исленип атырған мийнетиңиз жәмийетке пайда келтирсе буннан үлкен бахыт болмаса керек, – деди Самарқанд ўәлаятында жумыс алып барып атырған «Сармоя қурувчи сервис» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң басшысы Музроб Тошев. – Ўәлаятымызда қурылып атырған имаратлар менен объектлер, бәринен бурын, халқымыздың мәпи ҳәм абадан жасаўы, елимиздиң раўажланыўына хызмет етиўи менен әҳмийетли болып есапланады. Жумысым  даўамында көплеген имаратлардың қурылысында қатнастым. Ҳәзирги ўақытта сол аймақларда бой тиклеген имаратларда жасап атырған шаңарақларды, ойнап жүрген балаларды көрсем заўықланаман. Биз, қурылысшыларға көрсетилип атырған усындай итибардан оғада қуўанышлымыз. Бул болса келешекте және де көбирек ғайратланып мийнет етиўге ийтермелейди.

Илажда белгили көркем өнер ғайраткерлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы бәршеге көтериңки кейпият бағышлады.

photo5364322305284615036.jpg

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршысы