2019-жыл 9-август күни Британияның басламасы менен Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Абдулазиз Камилов ҳәм Уллы Британияның Европа ҳәм Америка мәмлекетлери бойынша сыртқы ислер мәмлекетлик министри Кристофер Пинчер арасында телефон арқалы сөйлесиў болып өтти. бул ҳаққында СИМ мағлыўматына тийкарланып xs.uz хабар бермекте.

Сөйлесиў ўақтында өз-ара қатнасықлардың бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыўдың перспективалары, сондай-ақ, әҳмийетли регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер додаланды.

Британиялы дипломат мәмлекетимизде Президентимиздиң басламасы менен алып барылып атырған кең көлемли сиясий ҳәм социаллық-экономикалық өзгерислерди жоқары баҳалады. Атап өтилгениндей Британия Өзбекстан менен барлық тараўларда бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириўге таяр екенлигин билдирди.

Сөйлесиў даўамында Уллы Британияға жоқары дәрежедеги сапарды шөлкемлестириў имканиятлары додаланды ҳәм усы еки тәреплеме әҳмийетли илажға байланыслы таярлықларды баслаў ҳаққында келисип алынды.

Парламентлераралық байланысларды беккемлеў ҳәм еки мәмлекеттиң нызам шығарыўшы уйымлары арасында тәжирийбе алмасыў әмелиятын даўам еттириў мәселелери көрип шығылды.

Кристофер Пинчер Уллы Британия усы жылдың декабрь айында Өзбекстанда болып өтетуғын Олий Мажлис ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине  болатуғын сайлаўға үлкен қызығыўшылық пенен қарап атырғанлығын ҳәм өз ўәкиллерин сайлаўда бақлаўшы сыпатында қатнасыў ушын жибериў тилегин билдирди.

Сөйлесиў соңында усы жылы басланған еки мәмлекеттиң сыртқы сиясий уйымлары арасындағы мәсләҳәтлесиўлер өткериў әмелиятын даўам еттириў ҳаққындағы келисимге ерисилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги