Алдын хабар бергенимиздей, биз хабаршылар топары менен Нөкис районында хызмет сапарында болып, районның дыққатқа ылайықлы орынлары менен жақыннан таныстық.

Әсиресе, бизди районның туристлик орынлары, халқымыз бос ўақытларында келип дем алыўы ушын қандай шараятлар бар екенлиги оғада қызықтырды.

Биринши мәнзилимиз районның Нөкис қаласына жақын аймағындағы «Ата мәкан» дем алыў комплекси болды.

Бул жерде туристлер ҳәм саяхатшылар ушын заманагөй ресторан, қарақалпақ халқының миллий қараүйлери хызмет етпекте.

Сондай-ақ, комплекстиң кирер жеринде түйеқуслар сақланбақта. Бул жерде және қуслардың кептер, қырғаўыл, таўыс ҳәм басқа да бир неше түрлери сақланып атырғанының гүўасы болдық.

Бизди ең ҳайран қалдырғаны усы жерде бес шақлы қойдың бар екенлиги болды.

Бир қарағанда қойға да, ешкиге де уқсап кететуғын бул өзгеше ҳайўан усы жерге келгенлерде айырықша қызығыўшылық оятады екен. Мағлыўматларға қарағанда, бул жерди еле де кеңейтип, үлкен туристлик комплекске айландырыў, мийманхана қурыў бойынша жойбарлар исленип атыр екен.

Кейинги мәнзилимиз «Жалол қора Нукус» фермер хожалығына қараслы болған балық көллери болды.

Район аймағындағы «Саманбай» АПЖ аймағындағы халық тилинде «Бес саға» деп аталатуғын Нөкистен оншелли узақ болмаған жерде жайласқан бул көллерде дем алыўды қәлеўшилер ушын балық аўы ушын қолайлы шараятлар шөлкемлестирилген.

Ҳәр бир дем алыўшы нормасы менен балық аўлап, сол орынның өзинде аўқат етип писирип, дем алып кетиўи мүмкин.

Әжайып тәбият, жасыл тереклер менен қапланған аймақ бул жерге келиўшилер ушын оғада әжайып ҳаўа райын инәм етеди.

Буннан соңғы мәнзилимиз райондағы «Бақаншақлы» АПЖ аймағындағы «Рүстем» фермер хожалығы болды. Бул жердеги шөлкемлестирилген интенсив бағда жүзим, алма ҳәм басқа да мийўе тереклери өспекте.

Район орайынан өтетуғын киши канал бойында жайласқан бул жердиң тәбияты саяхатшыларда әжайып тәсирлерди қалдырады.

 

Районда буннан басқа да дем алыў ушын орынлар оғада көп. Бирақ, бизлердиң барып, өз көзимиз бенен көрген орынларымыз ҳәзирше усылардан ибарат болды.

 

Даўамы бар…

 

Ислам Матеков,

Азамат Әжимуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Нөкис районынан арнаўлы таярланды.

 

(Ислам Матековтың түсирген фотолары).