Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Наманган ўәлаятында Өзбекстанның басқа аймақларына салыстырғанда аналар ҳәм балалардың өлимшилик көрсеткишлери бирқанша жоқары.

Бул ҳаққында 8-август күни Министрлер Кабинети жанындағы «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы тәрепинен «Шаңарақ репродуктивлик саламатлық машқалалары, оның демографиялық раўажланыўы, абаданлығы ҳәм тынышлығын үйрениў бойынша комплексли илажларды ислеп шығыў ҳәм турмысқа нәтийжели енгизиў» атамасындағы өткерилген дөгерек сәўбетинде атап өтилди, деп жазады Kun.uz сайты.

– Изертленип атырған мәселе елимиздиң барлық аймақлары ушын актуал. Бирақ изертлеў объекти сыпатында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Наманган ўәлаяты сайланған. Себеби, Арал теңизиниң қурыўы ақыбетинде Қарақалпақстанда бир неше социаллық-экономикалық машқалалар жүзеге келген. Жердиң шорланыўы ҳәм эрозиясы, биокөптүрлиликтиң азайып кетиўи, климатлық өзгерислер усы аймақта жасайтуғын халықтың денсаўлығына оғада үлкен унамсыз тәсир тийгизбекте. Ақырғы жыллардағы қолайсыз экологиялық орталық тәсири нәтийжесинде аймақта аналар ҳәм нәрестелердиң өлимшилик көрсеткишлери салыстырмалы жоқары болған, – деп айтып өткен жойбар координаторы, «Юксак салоҳият» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң атқарыўшы директоры Наталья Свиридова.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.