Усы жылдың 4-июль күни намәлим адам Нөкис қаласында жасайтуғын 45 жаслы А.И. диң үйине айнасы арқалы кирген.

ӨзР ИИМның мәлим етиўинше, ол үйден 9 мың АҚШ доллары ҳәм жүзикти урлап кеткен. Жағдай бойынша жынаят иси ашылған.

Көрилген шаралар нәтийжесинде бул жынаятты Нөкис қаласы «Саманбай» МПЖда жасайтуғын, 29-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы 17 жаслы С.Б. ҳәм 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы 14 жаслы П.Б. лар әмелге асырғаны анықланып, усланған.

Тергеў ҳәрекетлери даўам етпекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.