Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлерине академиялық дем алыс қашан берилетуғынлығы ҳаққында «Ҳуқықый ахборот»каналы хабар берди. Оған бола академиялық дем алыс оқыў жылының ҳәр қандай бөлиминде төмендеги мүддетлерге бериледи:

әскерий хызметти өтеў ушын – нызам ҳүжжетлеринде белгиленген әскерий хызметти өтеў мүддетине;

ден саўлығын тиклеў ушын – 12 ай мүддетке;

ҳәмиледарлық ҳәм туўыў ушын, сондай-ақ, бала тәрбиясы менен шуғылланыў ушын – нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳәмиледарлық ҳәм туўыў, сондай-ақ, бала тәрбиясы менен шуғылланыў мүддетине.

Қарақалпақстан хабар агентлиги