Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Адвокатлар палатасының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы тәрепинен тараў нызамшылығына киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалардан өз ўақтында хабардарлығын тәмийинлеў, билимлерин және де беккемлеў мақсетинде республикамызда жумыс ислеп атырған адвокатлар менен ушырасыў өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинен, Адвокатлар палатасының аймақлық басқармасынан жуўапкер хызметкерлер, адвокатлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда шығып сөйлеген Өзбекстан Республикасы Адвокатлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы баслығы Б.Арзымбетов, Әдиллик министрлиги бас мәсләҳәтшиси А.Базарбаев, аймақлық басқарма бас мәсләҳәтшиси А.Аметовлардың атап өткениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-апрельдеги «Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң жумысын буннан былай да жетилистириўге байланыслы шөлкемлестириўшилик илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында тастыйықланған режеге бола, адвокатлық структуралары жумысының кепиллигин тәмийинлеўде жәрдемлесиў, адвокатларға лицензиялар бериў ҳәм оларды мәмлекетлик дизимнен өткериў, дизимнен өткен структураларда ислеўши адвокатлардың мәмлекетлик реестрин жүргизиў, қәнигелигин арттырыўға жәрдемлесиў, олардың үстинен қадағалаўды әмелге асырыў ўазыйпалары  Әдиллик министрлигине жүкленди. Усы ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде министрлик бир қанша илажларды әмелге асырып келмекте. Өткерилген ушырасыў да усы ўазыйпаларды орынлаўға қаратылған илажлардың бири болып табылады.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Адвокатлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы тәрепинен адвокатлардың жумысы бойынша әмелге асырылған изертлеўлердиң нәтийжелери ҳәм алдағы ўақытлары орынланыўы тийис ўазыйпалар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Ушырасыўда адвокатлар өзлериниң жумысы барысында ушырасып атырған машқалалар бойынша сораў берип, қәнигелерден тийисли жуўап алды.

– Бүгинги ушырасыў даўамында Адвокатлар палатасы ҳәм Әдиллик министрлиги тәрепинен келешекте әмелге асырылыўы керек болған мәселелерге айрықша итибар қаратылды, – дейди «Ada law attorney works» (Нызамлы ўәкиллик жумыслары) адвокатлық бюросының адвокаты Дәўлетмурат Альниязов. – Солардан атап өтетуғын болсам, адвокатлар арасында ушырасып атырған жынаятшылыққа қол урыў жағдайларын сапластырыў илажларын күшейтиў керек. Себеби, бундай жағдайлар халық арасында адвокатлар ҳаққында надурыс пикирлердиң жүзеге келиўине себеп болады. Және бир мәселе, бүгинги турмысымызда әдил судлаў процесинде айырым пуқаралардың басқа пуқараларды исеним хатлар арқалы қорғаў яғный ўәкилликти әмелге асырыў көринисинде юридикалық жәрдем көрсетиў процесинде бир қанша пуқараларымыздың ҳуқықлары бузылып атырғаны атап өтилди. Тийкарынан Өзбекстан Республикасында ҳуқықый жәрдемди профессиональлық түрде әмелге асырыў адвокатларға жүкленген. Буннан тысқары, Президентимиздиң пәрманлары, ҳүкимет қарарлары тийкарында тек мәмлекетлик дизимнен өткен, усы тараў бойынша жумыс ислейтуғын юридикалық шахслар ғана  пуқараларға юридикалық консультациялар бериў ҳуқуқына ийе болды. Бирақ, Пуқаралық кодекси бойынша исеним хаты арқалы жүргизилетуғын  ўәкиллик деген түсиник бар. Яғный бир пуқараның исеним хаты тийкарында судта ямаса белгиленген орында ўәкилликти, хатта көрсетилген ҳәрекетти әмелге асырады. Бүгинги күнде ең көп ушырасып атырған ҳәм мүрәжатларда да көбирек атап өтилетуғын машқалалардың бири де усы – исеним хат тийкарында ўәкиллик берилген шахстың судта қатнаспай, қорғаў процесин әмелге асырмай кетиў жағдайлары болып табылады. Бундай жағдайларды сапластырыў ушын, мениңше, пуқараларымызға ҳәм юридикалық шахсларға ҳуқықый жәрдем көрсетиў тараўында лицензиясыз ямаса тийисли руқсатнамасыз пуллы жәрдем көрсетиўшилерге белгили бир жуўапкершиликти енгизиў керек. Соның менен бирге, пуқараларымыздың ҳуқықый саўатлылығын да арттырыў илажларын күшейтиў лазым, деп ойлайман.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.