Республикамызға сырт елден келтирилип атырған товарлардың бажыхана төлемлерин есаплаўда олардың Сыртқы экономикалық жумыс товарлар номенклатурасындағы кодлары әҳмийетли орын ийелейди.

Усы қағыйдалардың дурыс белгилениўи мәмлекетлик бюджетке өндирилетуғын бажыхана төлемлериниң ставкаларын дурыс қолланыў ҳәм толық есаплаўға хызмет етеди.

Мәмлекетлик бажыхана комитети баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының хызметкерлери тәрепинен анықланған гезектеги бажыхана қағыйдаларын бузыў жағдайында болса мине усындай кодлардың надурыс қолланылғанлығы анықланды.

Республикамыздағы ЖШЖлардан бириниң атына баҳасы 28,3 мың АҚШ долларын қурайтуғын киши трактор келтириледи. Оның бажыхана рәсмийлестириўи процесинде болса жүк ийелери бажыхана хызметкерлерине басқа мағлыўматларды усынады.

Яғный, ҳүжжетлерде товардың кодын өзгертип, трактор емес, үскене келтирилгенлиги көрсетиледи. Усы  тәризде өз исиниң «шеберлери» 26 млн. сумлық бажыхана төлемлерин төлеўден бас тартқан.

Усындай қыңыр реже «Нөкис» сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постының хызметкерлери тәрепинен өз ўақтында анықланды.

Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша бажыхана тексериўлери даўам еттирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги