Сақлаў мүддети ҳәм шараятына әмел етпеген, ислеп шығарыўшы тәрепинен тийисли ҳүжжетлерге ийе болмаған медициналық затлар мәмлекетимиздиң халқы ушын қай  дәрежеде қәўипли екенлигин нызамбузыўшылар ҳеш ойлап көрдиме екен?

Атап айтқанда, «Даўыт-ата» шегара бажыхана постының хызметкерлери тәрепинен қоңсы мәмлекеттен елимизге кирип келген пуқара А.Ш. белгиленген тәртипте бажыхана қадағалаўынан өткерилди.

Нәтийжеде, оның жүклериниң арасынан декларацияда көрсетилмеген ҳәм аўыз-еки сораўда мәлим етилмеген баҳасы 40 миллион сумлық 4000 дана сапасы кепилленбеген шприцлер бар екенлиги анықланды. Бул хаққында Мәмлекетлик Бажыхана комитетиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша бажыхана тексериўлери даўам етпекте.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 8-июньдеги «Дәри-дармақ қураллары ҳәм медициналық буйымларды физикалық шахслар тәрепинен жеке пайдаланыў ушын алып кириў ҳәм алып шығыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы 191-санлы қарарына тийкарланып физикалық шахслар тәрепинен жеке пайдаланыў ушын 5 бирликтен артық болмаған медициналық буйымларды алып кириўи мүмкин екенлиги белгилеп қойылғанын атап өтиў керек.

Қарақалпақстан хабар агентлиги