Оқыўшылардың заманагөй бирден-бир мектеп формасында  оқыўға барыўы қашанға шекем мәжбүрий емес екенлиги ҳаққында «Ҳуқықый ахборот каналы» хабар берди.

Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 18-июньдеги Министрлер Кабинетиниң «Мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мәкемелериниң оқыўшыларын заманагөй бирден-бир мектеп формасы менен тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 15-августтағы 666-санлы қарарына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы қарарында бул мәселеге анықлық киргизилген. Оған бола «2019/2020 оқыў жылынан баслап» сөзлери «2024/2025 оқыў жылынан баслап» сөзлери менен алмастырылыўы белгиленген.

Демек 2024/2025 оқыў жылына шекем оқыўшылардың мектепке тастыйықланған көринистеги мектеп формасында барыўы ықтыярлы түрде есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги