Унамсыз жағдайлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў мақсетинде «Фертиль жасындағы ҳаяллардың репродуктивлик саламатлығы ҳәм ҳуқықлары мәселелери бойынша хабардарлығын арттырыў ушын жағдайды таллаў, аналар ҳәм балалардың саламатлығын қорғаў системасын беккемлеў менен раўажландырыўға қаратылған жаңа механизмлер менен көзқарасларды ислеп шығыў ҳәм енгизиў» жойбары әмелге асырылмақта.

Министрлер Кабинети жанындағы «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы тәрепинен Олий Мажлис жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа  да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды қаржыландырып атырған жәмийетлик буйыртпа шеңберинде «Шаңарақтың репродуктивлик саламатлығы машқалаларын, оның демографиялық раўажланыўын, абаданлығы ҳәм тынышлығын үйрениў бойынша комплексли илажларды ислеп шығыў ҳәм турмысқа енгизиў» темасында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди. Онда жоқарыдағы жойбар менен таныстырыў да өткерилди.

Бирге ислесиўши шөлкемлер, халықаралық, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен ҒХҚ ўәкиллери қатнасқан илажда шаңарақты жәмийетлик институт сыпатында беккемлеў, ана ҳәм бала саламатлығын жақсылаў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарларынан екенлиги атап өтилди.

– Жойбардың мақсети еки аймақ – Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Наманган ўәлаятында ана ҳәм баланың репродуктивлик саламатлығын сақлаўға бағдарланған ақыл-ойды ҳәм минез-қулықты қәлиплестириўде фертиль жасындағы ҳаяллардың роли ҳәм жуўапкершилигин арттырыўдан ибарат,- деди «Юксак салоҳият» жәмийетлик бирлеспесиниң эксперти Ботир Мавлонов. – Усы аймақларды таңлаўымыздың себеби, республикамыздың басқа аймақларына салыстырғанда бул жерде аналар ҳәм балалар өлиминиң көрсеткишлери жоқары. Жойбар шеңберинде аналар ҳәм балалардың өлимине себеп болып атырған, усы аймақларда халықтың репродуктивлик саламатлығын сақлаўға қаратылған шараятлар қандай дәрежеде екенлиги үйренилди. Еки мыңға шамалас фертиль – туўыў жасындағы ҳаяллар менен олардың саламатлығы ҳәм социаллық жағдайын үйрениў мақсетинде сөйлесиўлер өткерилди. Анықланған машқалаларды сапластырыў бойынша усыныслар ҳәм балалар өлиминиң алдын алыўға қаратылған, халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў бойынша илажлардың режеси ислеп шығылады.

Олий Мажлис жанындағы МКШ ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды ҳәм «Юксак салоҳият» жәмийетлик бирлеспеси тәрепинен әмелге асырылып атырған бул жойбар шеңберинде, сондай-ақ, патронаж мийирбийкелер ушын қолланба, халық пенен ислесиў бойынша тарқатпа материал ислеп ҳәм басып шығарылады, репродуктивлик саламатлық бойынша пайдалы мағлыўматларды алыў ҳәм сораўларға жуўап табыў имканиятын беретуғын арнаўлы сайт жаратылады.

Жойбар бойынша журналистлерди қызықтырған сораўларға қәнигелер жуўап берди.

М.ҚОСИМОВА, ӨзА