Өзбекстан Дүнья ресурслары институты (World Resource Institute) тәрепинен жәрияланған суў стресслеринен жәбир көрип атырған мәмлекет рейтингинде 164 мәмлекеттиң арасында 25-орынды ийеледи, деп хабар бермекте Gazeta.uz сайты.

Суў жетиспеўшилиги бар мәмлекетлер рейтингинде Қатар, Израйл, Ливан, Иран ҳәм Иордания суў жетиспеўшилиги оғада жоқары болған мәмлекетлер беслигине киргизилди.

Түркменстан Орайлық Азияда ең аз суўға ийе болған мәмлекет сыпатында рейтингте 15-орынды ийеледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги