2019-жылдың 26-августынан баслап UzAuto Motors    АЖ заводларында жыллық режели профилактика жумысларын әмелге асырыў басланады, деп хабар бермекте  UzAuto Motors   баспасөз хызмети.

Бизге белгили болыўынша, илажлар шеңберинде технологиялық тийкарғы ҳәм қосымша технологиялық үскенелерди модернизациялаў және коммунал хожалығы ҳәм инженерлик-коммуникация тармақларына техникалық хызмет көрсетиў, сондай-ақ, кәрханаларды гүзги-қысқы мәўсимлерге таярлаў жумыслары алып барылады.

UzAuto Motors   қарыйдарларға таяр өнимди жеткерип бериў бойынша барлық шәртнама миннетлемелери өз ўақтында ҳәм толық орынланыўы тәмийинленетуғынлығын және режелестирилген профилактикалық жумыслар алдынан дүзилген транспорт қуралларын жеткерип бериў графигине тәсир етпейтуғынлығын  мәлим етеди.

Мағлыўмат ушын, автомобиль ислеп шығарыў 2019-жылдың 23-сентябринен басланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги