Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Министрлер Кеңесиниң Баслығы, Жәмийетлик Кеңестиң Баслығы Қаҳраман Сариевтиң басшылығында мәжилис шөлкемлестирилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында шөлкемлестирилген усы Кеңестиң барлық ағзалары қатнасты.

Күн тәртибинде Жәмийетлик Кеңестиң мақсет ҳәм ўазыйпаларынан келип шығатуғын жумыслар додаланды ҳәм усы жумысларды буннан былай да нәтийжели шөлкемлестириў бойынша бир қатар усыныслар тыңланды.

Мәжилис жуўмағында Жәмийетлик Кеңестиң Баслығы Қаҳраман Сариев тәрепинен Кеңес ағзаларына өзлериниң ўәкиллиги бойынша әмелге асыратуғын жумыслар бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

Бул Кеңес Ҳүрметли Президентимиздиң 2018-жыл 4-июльдеги «Мәмлекетлик уйымлардың жанында жәмийетлик кеңеслердиң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3837-санлы қарарына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2018-жыл 6-июльдеги 480-санлы қарары менен шөлкемлестирилгенин мағлыўмат орнында атап өтиў керек.

Кеңес өз жумысын жәмийетшилик тийкарда алып баратуғын, турақлы жумыс ислейтуғын мәсләҳәт-кеңес уйымы есапланады ҳәм жәмийетлик кеңестиң қарарлары усыныслық қәсийетке ийе болып, мәмлекетлик уйым ҳәм оның лаўазымлы шахсларының жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырады.

Жәмийетлик кеңестиң шөлкемлестирилиўинен тийкарғы мақсет – елимизде демократиялық реформаларды буннан былай да тереңлестириў, мәмлекет ҳәм жәмийет арасында тәсиршең және нәтийжели пикирлесиўди жолға қойыў, мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўдың беккем механизмлерин раўажландырыў, олардың жумысының ашық-айдынлығын, пуқаралық жәмийети институтлары менен нәтийжели бирге ислесиўди тәмийинлеў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў болып есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети