БӘАниң биринши космонавты халықаралық космослық станцияға өзиниң миллий асханасының тағамларын алып шығады. Бул тағамлар «Главкосмос»тың «Космослық аўқатланыў лабораториясы» ҳәм Муҳаммад бин Рошид атлы Космослық изертлеўлер институты тәрепинен қайта исленген, делинеди «Ридус» хабарында.

Оған бола, әмирликлердиң биринши космонавты өзи менен – мадруба, салуна ҳәм балатит атлы миллий тағамларды арнаўлы орамларда алып шығатуғын болды. Пәрўаз сентябрьге белгиленген.

ӨзА