Алдын хабар еткенимиздей, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының оқыў имаратлары пайтахтымыздағы П.Сейтов көшеси бойлап жайласқан Нөкис мелиорация ҳәм суў хожалығы кәсип өнер колледжиниң, Нөкис агроэкономика кәсип өнер колледжиниң, Нөкис педагогика кәсип өнер колледжи жатақханасының имаратларына көширилмекте.

НМПИдиң ҳәзирги ўақытта жайласқан имаратларына Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалының көшип келиўи нәзерде тутылған. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң бийлигинде филиалдың бир-биринен узақ қашықлықта жайласқан еки имараты бир аймақта жәмлестирилсе, билимлендириў процесин басқарыў жеңилленетуғыны, әсиресе студентлердиң оқыўға үлгериў дәрежеси артатуғыны атап өтилген. Сондай-ақ, усы аймақта жайласқан Қарақалпақстан Республикасы көп тармақлы орайлық емлеўханасы,  Қарақалпақстан Республикасы онкология диспансери, Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Нөкис филиалы ҳәм басқа медициналық мәкемелерде Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалының билимлендириў процесин тиккелей әмелият (практика) пенен байланыста алып барыўға ҳәм «медицина қалашасы»ның жүзеге келиўине хызмет етеди.

Нөкис қаласы Қурбанов көшеси 223а-жайда жайласқан филиалдың ески корпусы оқыў имаратлары, студентлер турар жайы, спорт залы, мәжилислер залы ҳәм тағы да басқа тийисли жер майданлары менен Нөкис агроэкономика кәсип өнер колледжине бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги