Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде 2005-2006, 2007-2009-жылларда туўылған ул ҳәм қыз балалар арасында спорттың теннис түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты болып өтпекте.

  Республикамызда усы спорт түрин раўажландырыў, Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасына жаслар арасынан күшли спортшыларды анықлап, Өзбекстан Республикасы чемпионатына  қатнасатуғынларын таңлап алыў мақсетинде өткерилип атырған чемпионатқа Нөкис қаласынан ҳәм Қанлыкөл, Шоманай, Шымбай, Нөкис районларынан 80 ге шамалас спортшы қатнаспақта.

– Елимизде жаслардың спорт пенен шуғылланыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Сол қатары тенниске қызығатуғын жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан теннис федерациясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта, – дейди жарыстың бас төрешиси, тренер-оқытыўшы О.Бекниязов. – Атап айтқанда, қәбилетли спортшыларды таңлап алыў мақсетинде қала ҳәм район аймақларында усындай жарыслар шөлкемлестирилип, сайланды команда қурамына қабыл етилген спортшылар менен турақлы оқыў-шынығыўлары өткерилмекте.

Чемпионат усы жылдың 9-августына шекем даўам етеди.   

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.