Каспий теңизин көриў нийетинде жолға шығар екенмен, ҳаўа-райының кескин жаманласқанын сезиндим. Әтирапқа нәзер тасланса, қурыған  жарылған жерден басқа ҳеш нәрсе көринбейди. Қызылқумды артта қалдыратуғындай дәрежеде қызып атырған бул жер Қоңыраттың кеңликлери еди. Бул жердеги аўыр жағдайдан ҳайран қалып атырғанымды көрген жолдасларымнан бири сонда маған «Жаслық» колониясының бийкарға усы жерге қурылмағанлығын айтты.

Сонда жазда ыссының, қыста суўықтың нышанына айланатуғын бул кеңликтен тек өтип кетиўдиң өзи азап екенлигин ойлап, бул жерде тутқында болыўды көз алдыма келтириўдиң қорқынышлы екенлигин сезиндим.

Соның ушын да адамлар арасында «Жаслық» қамақханасы ҳаққында сөз болғанда, оны зулым лагерине теңлестиргени сыр емес.

Колониядағы шараятлар ҳәм басқа да мәселелерине бүгин тоқтап өтпекши емеспиз. Ең баслысы, бул Қарақалпақстан Республикасы Жаслық поселкасында нда жайласқан 19-санлы қәнигелестирилген жазаны өтеў колониясын сапластырыўға байланыслы хош хабардың тарқалғаны болды.

Буған Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2019-жыл 2-августтағы «Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң 19-санлы қәнигелестирилген Жазаны өтеў колониясын сапластырыў ҳаққында»ғы қарары тийкар болды.

Мәмлекетимиз басшысы мине бир неше жылдан берли барлық тараўда әдилликти орнатыў, халық мәпин тәмийинлеў қаратылған реформаларды әмелге асырып атырғанын атап өтиў керек. Бул ҳуқық қорғаў, тийкарынан жазаны өтеў системасына да тиккелей байланыслы әлбетте.

Өзбекстанда қамаққа алынған ҳәм жынайый жуўапкершиликке тартылған шахсларды қыйнаў, руўхый және физикалық басым өткериў, басқа да инсаныйлыққа туўра келмейтуғын зорлыққа улыўма жол қоймаў ҳаққындағы талабы қойылғаннан соң, бул бағдарда бир қатар әмелий ислер әмелге асырылды.

Мәмлекетимизде инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери тараўындағы халықаралық миннетлемелерди орынлаў, соның ишинде, қыйнаўдың алдын алыў ушын зәрүрли шөлкемлескен ҳәм ҳуқықый шараятлар жаратыла баслады.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 30-ноябрьдеги «Суд-тергеў жумысында пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң кепилликлерин күшейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы суд-ҳуқық тараўын реформалаўда әҳмийетли  ўақыя болды.

Пәрман менен жынаят процесиниң қатнасыўшылары ямаса олардың жақын туўысқанларын қыйнаў, психологиялық ҳәм физикалық күш көрсетиў, инсаныйлыққа туўра келмейтуғын ямаса инсанды кемситиўши қатнас түрлерин қолланыў қадаған етилди. Жынаят иси шеңберинде нызамға қайшы түрде алынған ҳәр қандай аудио ҳәм видео жазыў және басқа да материаллардан дәлил сыпатында пайдаланыў қадаған етилди.

2018-жыл 4-апрельде қабыл етилген «Суд-тергеў жумысында пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң кепилликлерин күшейтиў бойынша илажлардың қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжелерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамға бола қыйнаў ҳәм басқа да мийримсиз, инсаныйлыққа туўра келмейтуғын ямаса инсанды кемситиўши қатнас және жаза түрлерин қолланғаны ушын жуўапкершилик күшейтилди.

Бундай тәртиплер Жынаят кодексинен де орын алған. Қыйнаў ямаса басқа да жынаятлар ҳаққындағы даўа арзаларын жедел ҳәм қалыс тексериў ушын Халық қабыллаўханалары, виртуал қабыллаўханалар менен бир қатарда пуқаралардың шағымларын өз ўақтында ҳәм нәтийжели көрип шығылыўын қадағалап барыўшы Президенттиң пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлери менен ислесиўди қадағалаў ҳәм муўапықластырыў хызмети жаратылды.

Тек ғана мәмлекетимизде емес, ал халықаралық көлемде де аты еситилгенде, жаман тәсир ететуғын Жаслықтағы қамақхананың сапластырылып атырғаны болса бул бағдардағы және бир әҳмийетли қәдем болды.

Ишки ислер министрлигиниң мәлимлемесинде атап өтилгениндей, жынаят-атқарыў әмелиятын таллаў ҳәм жәмийетшилик пенен тиккелей байланыс нәтийжелери жазаны өтеў системасында сақлаў шараятларын буннан былай да гуманитарлық көриниске келтириў арқалы қамақтағылардың ҳуқықларының кепиллигин арттырыў және олардың социаллық бейимлесиўин тәмийинлеў зәрүрлигин көрсетип атырған еди.

Усы жағынан Президентимиздиң тарийхый қарары халықаралық көлемде тән алынып киятырған «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы»нда белгиленген ўазыйпалардың әмелий орынланыўы болды. Соның менен бирге бул мәмлекетимиздиң халықаралық жәмийетшилик алдындағы абырайын беккемлеўге де хызмет етеди.

Ҳәр қандай жәмийетте қорланған, кемситилген ямаса кимдир тәрепинен қыйнаўға салынған адамларды ушыратыў мүмкин екенлигин атап өтиў  керек. Улыўма инсаныйлық қәдриятлар болса бундай жағдайларды кескин қаралайды. Тек ғана пуқаралар емес, ал пүткил дүнья халқының ҳүрметине ылайық болыўды мақсет еткен мәмлекет болса, инсан ҳуқықларын қорғаў системасын мине усындай етип күшейтип барады.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзА