Усы жылдың 31-июль күни саат 02:00 лерде намәлим адам Төрткүл районында жасайтуғын 25 жаслы Г.М. исимли ҳаялдың үйине ашық қалған дәрўазасы арқалы кирип, үйинен 8 миллион сум пулын урлап кеткен. Жағдай бойынша жынаят иси ашылған. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ хабар берди.

Көрилген шаралар нәтийжесинде бул жынаятты Төрткүл районы Абай көшесинде жасайтуғын 42 жаслы У.А. әмелге асырғаны анықланып, усланған.

Тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.