Усы жылдың 1-август күни Қарақалпақстан Республикасының 1-киши районында жасайтуғын 58 жаслы Е.К. мәс ҳалда Тақыятас районы Н.Сейтмуратов көшесинде өз-ара жәнжел ақыбетинде мәс ҳалда болған танысы, Кенегес көшесинде жасайтуғын 61 жаслы К.Т. ны пышақ пенен жарақатлаған. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ хабар берди.

Ақыбетинде К.Т. емлеўханаға жатқарылған. Жағдай бойынша жынаят иси ашылып, Е.К. усланған.

Тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.