Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-июньдеги «Салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин бериўди және де тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының мазмун-мәнисин ғалаба хабар қуралларына ҳәм олар арқалы кең жәмийетшиликке жеткериўге бағышланған пресс-конференция болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының бөлим баслықлары Ә.Абатов, Қ.Әлиевлер шығып сөйлеп, пәрманның мазмун-мәниси, ондағы жаңалықлар ҳәм жеңилликлерге кең түрде тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында салық салыў базасын кеңейтиў арқалы салық ҳәкимшилигин әпиўайыластырыў ҳәм салық жүгин азайтыў мәселелери айрықша орын ийелейди. Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-июньдеги «Салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин бериўди және де тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы  салық жүгин избе-излик пенен азайтыў, салық салыў системасын әпиўайыластырыў ҳәм салық ҳәкимшилигин жетилистириў, солай етип, экономиканы жедел раўажландырыў  және елимиздиң инвестициялық тартымлылығын жақсылаўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Пәрманға муўапық, 2019-жыл 1-августтан, бирден-бир жер салығы төлеўшиси есапланған аўыл хожалығы товарларын өндириўшилер өз қәлеўи менен қосымша қун салығын төлеўге өтиўи мүмкин. Календарь жылы даўамында хызметлерди реализациялаўдан алған түсими 100 миллион сумнан артқан, бирақ бир миллиард сумнан көп болмаған телекоммуникациялардың операторлары ҳәм провайдерлерине хызмет көрсететуғын жеке түрдеги исбилерменлер хызмет ҳақы суммасынан 25 процент ставкада бирден-бир салық төлеўге өтеди.

Соның менен бирге, 1-октябрьден баслап бензин, дизель жанылғысы ҳәм газ қуйыў станциялары арқалы тутыныўшыларға сататуғын юридикалық шахслар, усы товарларды сатыўдан қалған түсимниң муғдарына қарамастан қосымша қун салығы төлеўшилери есапланады. Товарларды импорт ететуғын исбилерменлик субъектлери товарларды (хызметлерди) сатыўдан түскен түсим муғдарына қарамастан қосымша қун салығы төлеўшилери есапланады. Асбест, көмир, ағаш өнимлери, май ҳәм қумшекер ислеп шығарылатуғын шийки затлар, аўыл хожалығы техникасы, автотранспорт пенен оны комплектлеўши буйымларға  қосымша қун салығын салыўда жеңилликлер бийкар етиледи. Юридикалық шахслардың коммерциялық банклерге жайластырған қаржыларынан процент көринисинде алынған төлем дәрегин пайда салығынан азат етиў бойынша жеңилликлер бийкар етиледи.

-Пресс-конференцияның тийкарғы мақсети, республикамыздың ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине пәрман бойынша салық нызамшылығына киргизилген өзгерислер менен қосымшаларды кең түрде түсиндириўден ибарат,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының бөлим баслығы Қ.Әлиев.- Соның ишинде, қосымша қун салығы ҳәм юридикалық шахслардың пайда салығын есаплап шығыў ҳәм төлеў, салық есабын әпиўайыластырыў ҳәм оның автоматластырылған бухгалтериялық есабын жүргизиў тәртиби, сондай-ақ, басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша мағлыўмат берилди.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.