Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-август күни азанда Минск қаласындағы Ғәрезсизлик сарайына келди.

Бул жерде жоқары мәртебели мийманды рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти. Соннан кейин Шавкат Мирзиёев ҳәм Александр Лукашенко тар шеңберде сөйлесиў өткерди.

Беларусь Президенти Өзбекстан басшысын бул сапар етиўи менен қызғын қутлықлап, бул ўақыяның айрықша әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.

-Ақырғы еки жылда Сиз бенен бииргеликте мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықларды пүткиллей өзгертип жибердик, мазмун жағынан оларды жаңадан жолға қойдық. Усы ўақыт ишинде әмелге асырған жумысларымыз өткен 25 жыл даўамында исленгенлерден де артық болды. Мәмлекетлеримиз арасындағы товар алмасыў ҳәзирги күн талапларына жуўап бермейди, оны избе-из арттырып барыўымыз керек. Сизиң аймақларды бирге ислесиўи арқалы өз-ара байланыстырыў бағдарындағы басламаңыз – усы  сапар етиўиңиздиң өзине тән тәрепи. Аймақлар басшыларының өз-ара ушырасыўлары болып өтти, көргизбелер ҳәм мәденият күнлери шөлкемлестирилди. Булардың барлығы Беларусьқа еткен сапарыңыздың әҳмийетин және де арттырады. Ең баслысы, жергиликли ҳәкимшиликлердиң басшылары бирге ислесиўге байланыслы көплеген шәртнамаларға қол қойды. Бизиң жумысымыз – жолды ашып бериў, ҳәм биз бул ўазыйпаны орынлай алдық,-деди Александр Лукашенко.

Шавкат Мирзиёев, өз гезегинде, усыныс ҳәм көрсетилген миймандослық ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан Беларусь пенен шериклик қатнасықларын кеңейтиўге айрықша әҳмийет қарататуғынын атап өтти.

-Сизиң Өзбекстанға әмелге асырған тарийхый сапарыңыздан, сөйлесиўлеримизден соң мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиў барлық тараўларда жаңа ҳәм анық мазмун бенен байыды, бул өз жемислерин бермекте. Мәмлекетлеримиз аймақлары арасында нәтийжели байланыслардың жолға қойылғаны буның айқын мысалы есапланады. Биз өз-ара алмасыўлар ушын жақсы тийкар жараттық. Барлық дәрежелерде бирге ислесиўге тилек бар. Бүгин биз ерисилген нәтийжелерди таллаўымыз, сондай-ақ, келешекте табыслы бирге ислесиў мүмкин болған өсиў ноқатларын биргеликте белгилеп алыўымыз әҳмийетли,-деди Шавкат Мирзиёев.

Өзбекстан ҳәм Беларусь қатнасықлары кейинги жылларда сезилерли дәрежеде жақсыланды. Мәмлекет басшыларының турақлы байланысы оған әҳмийетли тийкар болды. Ташкентте ҳәм түрли ҳалықаралық саммитлер шеңберинде өткерилген жоқары дәрежедеги ушырасыўларда бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары белгилеп алынған еди.

Бул ушырасыў еки тәреплеме байланыслар тарийхында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Беларусь Республикасына дәслепки рәсмий сапары екенлиги айрықша атап өтилди.

Сөйлесиўлерде өз-ара бирге ислесиўдиң актуал мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Мәмлекет басшылары үшинши мәмлекетлер базарларын өзлестириў мақсетинде кооперацияны күшейтиў зәрүрлигине айрықша итибар қаратты. Сондай-ақ, беларусьлы шериклердиң тәжирийбесин есапқа алған ҳалда Өзбекстан менен Евроазия экономикалық аўқамының бирге ислесиўиндеги перспективалары көрип шығылды.

Ҳалықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды.

ӨзА